Инсанлардың дәртин машқалаларын ойлап жасаў-инсаныйлықтың ең жоқары пәзийлети

Нөкис районы бойынша социал-медициналық хызметлерди шөлкемлестириў бағдарында халыққа көрсетилиўи керек болған әмелий ҳәм шөлкемлестирилген жумыслары бойынша 2023-жыл 21-июнь күни үйрениўлер алып барылды.
Үйрениў даўамында район бойынша социал-медициналық мәселелери бойынша реабилитация қылыўдың техникалық қуралларына мүтәж 5 майыплығы бар болған шахслар анықланып, сол жердиӊ өзинде шешиў илажлары көрилди.

Республика жумысшы топары, районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, Мәҳелле пуқаралар жыйыны хызметкерлери қатнасыўында жасы бойынша пенсионер ҳәм майыплығы болған шахсларға 1дана майыплық арбашасы, 1 еситиў аппараты, 1 қолтық таяқ, 3дана ҳаса таяқлар жасаў мәнзиллерине жеткерилип берилди.

Skip to content