Жаӊа Өзбекстан – Жасыл мәканда бирге жасайық!

Нѳкис районы мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, зиялылар, ҳаял- қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниӊ район турғынларына ҮНДЕЎИ! Ҳурметли Нѳкис районы турғынлары Ѳзбекстан мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, зиялылар, ҳаял- қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниӊ халқымызға “Жаӊа Ѳзбекстанда – Жасыл мәканда бирге жасайық!” сурени тийкарында елимизди жасыл мәканға айландырыў бойынша Нѳкис районы мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, зиялылар, ҳаял- қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниӊ район турғынларына Мурәжатын қоллап-қуўатлаған ҳалда бул әҳмийетли мапазға ҳәммени белсене қатнасыўға шақырамыз. Әзиз ўатанласлар! Президентимиз Шавкат Мирзиёев жақында БМШ минберинде инсаният өмирине қәўип салып атырған үш кризис – климат өзгериўи, биологиялық көп түрлиликтиӊ жоғалыўы ҳәм қоршаған орталықтыӊ патасланыўын сапластырыўға байланыслы әҳимийетли басламаларды алға қойды. Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 11-октябрьде өткерилген видеоселектор мәжилисинде де усы мәселе бойынша бир қатар әҳимийетли усыныслар билдирип, тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, 25-октябрьден 1-декабрьге шекем журтымызда “гүзги терек егиў мәўсими” жәрияланды. Ҳәр қашан ана тәбият пенен үнлес ҳәм сәйкес болып, қоршаған орталықтыӊ тазалығы ҳәм турақлылығын сақлаўға умтылып киятырған көп миллетли халқымыздыӊ атынан биз Президентимиздиӊ әйне усы басламаларынан руўхланып, барлығыӊызды, пүткил ел-журтымызды  “Жаӊа Өзбекстан- жасыл мәканда бирге жасайық!” деген уллы идеяны қоллап-қуўатлаўға шақырамыз. Солай екен, миллий қәдириятларымызға садық қалған ҳалда, шаӊарақта перзент дүньяға келгенинен оған атап нәл егиў, жәрдем жолы менен бағлар жаратыў, имаратлардыӊ әтирапын көклемзарластырыў сыяқлы ийгиликли дәтүрлеримизге сәйкес түрде ҳәр бир хожалық тәрепинен еӊ кеми 20 түп нәл егиў ҳәм өсириў басламасын алға қоямыз. Қәдирли мәҳәлле белсендилери, көше басшылары ва шаӊарақ басшылары! Ҳәзирги ўақытта, айырым мәҳәллелерде, көше ҳәм гүзарларда бос турған, терек егилмеген жерлер де көп. Ендиги ўазыйпамыз усы жерлерди жасыл мәканға айландырыўда мәҳәлле турғынларыныӊ аўызбиршилигин күшейтиў, аймақтыӊ абатлығы ҳәм халықтыӊ абаданлығына хызмет ететуғын жойбарларды кеӊейтиўден ибарат. Буныӊ ушын ҳәр бир мәҳәлледе “мәҳәлле бағлары”н жаратыўымыз, жасыл аймақларды көбейтиўимиз, бир-биримизге өрнек сыпатында дәслеп өз үйимиз ҳәм көшемизди абат етиўимиз, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарына өз үлесимизди қосыўға шақырамыз. Егилген ҳәр бир нәлди тәрбиялаў ҳәм сақлаўда мәҳәлле белсендилери, басқарыў-сервис компаниялары пидайылық көрсетиўи керек. Буныӊ ушын “мәҳәлле жетилиги”, көше бийлери ҳәм шаӊарақ басшылары ҳәм шаӊарақ ийелери жуўапкер сыпатында сезинип, булл исти шын кеўилден атқарыўға шақырамыз. Ҳүрметли районымыз нуранийлари! Сизлердиӊ өмирлик тәжирийбеӊиз, пәтия ҳәм тилеклериӊиз халқымыз ушын ҳәмийше үлкен таяныш ҳәм сүйениш болып келмекте. Районымызда 330 мыӊнан  аслам нуранийлардан мәҳәллелерде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда, халық тәрепинен нәллерди үлгили егиўди шөлкемлестириўде және де белсендилик ҳәм интакерлик күтемиз. Були исте жеке ѳрнек кѳрсетип, ақыл-нәсият, усыныс ҳәм көрсетпелериӊиз барлығымыз ушын әҳмийетли. Нуранийларымыздыӊ ҳәр бири 1 түптен нәл ексе, 5 мыӊнан артық жаӊа терек пайда болады. Яки ҳәр бири өзине 10 жасты тартса, бул сан 10 есеге артады. Фермерлеримиз “Бир атыз – бир өним” принципи тийкарында өз аймағына тут, жүзим, мийўели ҳәм қурылысбап тереклердиӊ ҳәм басқа дарақ нәллерин ексе, ҳәр бир қарыс жеримиз жасыл мәканға айланады. Қәдирли зыялылар, көркем өнер ўәкиллери ҳәм спортшылар! Сүйикли Ўатанымыздыӊ раўажланыўына үлес қосатуғын басламаларды қоллап-қуўатлаўда сизлердиӊ белсене қатнасыўыӊыз әҳмийетли. Сиз сыяқлы ел таныған зиялылар ҳәм спорт жулдызларына журтымыз жаслары өзгеше ҳәўес пенен қарайды. Солай екен, журтымызда әмелге асырылып атырған ғүзги терек егиў мәўсиминде сизлерден жаӊа-жаӊа басламалар, әмелий ҳәрекетлер ҳәм жеке үлги күтип аламыз! Ҳүрметли аналар, әзиз апа-қарындаслар! Шаӊарағымыз, мәҳәллемиздиӊ қут-берекети сизлер менен гөззал! Тәбият та ана сыяқлы муқаддес! Ана ҳәм тәбият түсиниклери бир-бирине сәйкес. Ананы қандай қәстерлесек, тәбиятты да сондай қәдирлеўди перзентлеримиздиӊ санасына тереӊ сиӊдирейик! Әўладларымыз тап ата-бабаларымыз сыяқлы бағлар жаратыўшы, ана тәбият қорғаўшысы болсын! Сонда ғана тәбиятты негизги ҳалында сақлап, оны келешек әўладқа зыянсыз жеткериўге ерисемиз. Ҳәзирги ўақытта, “Аналар – жасыл мәкан ушын” идеясыныӊ дәстүрге айланып баратырғаны, мәҳәллелерде “Аналар бағы” шөлкемлестирилип атырғаны қуўанышлы. Ендиги ўазыйпамыз – усы ийгиликли илажларды халқымыз арасында кеӊнен ен жайдырыўдан ибарат. Әзиз районымыз жаслары! Сизлер  Жаӊа Өзбекстанныӊ қурыўшы күшисиз! Халқымыз гөзлеп атырған жоқары шеклерге ерисиўде ақыл-парасатыӊыз, күш-ғайратыӊыз, ана Ўатанға болған садықлығыныз теӊсиз. Ана жеримизге меҳир бериӊ! Нурлы келешек ушын бүгиннен баслап өз шаӊарағыӊыз, көшеӊиз, мәҳәллеӊизде нәлиӊизди егиӊ, аймақта “Жаслар бағы”н шөлкемлестириўде баслама көрсетиӊ! Ҳеш қашан умытпаӊ, сиз Өзбекстанныӊ перзентисиз, сизиӊ үлесиӊиз – бул ата-анаӊыз, мәҳәллеӊиз ҳәм пүткил халқымыздыӊ абаданлығы ушын хызмет етеди. Қәдирли аўылласлар! Терек егиў ҳәм оны тәрбиялаўды миннетлеме емес, қәдирият сыпатында қабыл етейик! Биз бул ислеримиз бенен Ана тәбиятымызды жасыл мәканға айландырып бир-биримизге ѳрнек болайық, бир-биримизди қоллап-қуўатлайық, аўызбиршилик пенен бул ислерге белсене қатнасып ҳар бир исимизди шын кеўилден атқарайық. Ҳәр биримиз келешек әўлад алдындағы миннетимизди тереӊ сезген ҳалда, “Жасыл мәкан” жойбарын улыўма халықлық миллий ҳәрекетке айландырайық! Бизден перзентлеримизге абат, жасыллыққа оралған гөззал Ўатан мийрас қалсын!

Перейти к содержимому