Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Сенаты ағзасы Б.Матмуратов бүгин Нөкис районында болды. Дәслеп ол район ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған қурылыс жумыслары бойынша мәжилис өткерди. Онда Б.Матмуратов қарар тийкарында ажыратылған қаржылардың орнында сарпланыўы, қурылыс материаллары ҳәм қурылыс жумысларының сапалы болып ислениўинде жуўапкерлерге көрсетпелер берди. Соннан соң Б.Матмуратов райондағы «Ақтерек» МПЖ, «Арбашы» АПЖда қарар тийкарында ишки көшелерде басланған жумыслардың барысы менен танысты.
Сенатор қарар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты
