Бүгин Нөкис районы 1-секторға қараслы «Қырантаў» АПЖ аймағында пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилди. Онда район ҳәкиминиӊ биринши орынбасары Р.Бекимбетов, аўыл пуқаралар жыйыны баслығы, ҳәким жәрдемшиси, хаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм тийисли басшылары қатнасты. Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен бәнтлик, материаллық жәрдем ҳәм тағы басқада мәселелер бойынша өзлерин қыйнап жүрген сораўлар ҳәм мүрәжетлери тыңланды ҳәм орынланыўы бойынша қадағалаўға алынып, тийисли илажлар белгиленди.
Көшпели қабыллаў
