Бүгин, Нөкис районы ҳәкиминиӊ орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаева, 4-сектор басшысы, районлық салық инспекциясы баслығы Б.Караматдиновлар райондағы «Ақмаӊғыт», «Саманбай», «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймақларыныӊ көше басы ҳаяллары менен ушырасты.
Ушырасыў барысында мәмлекетимиз тәрепинен ҳаял-қызларға жаратылып атырған имкәниятлар бойынша ашық-айдын сәўбетлесилди.