Нөкис районы аймағинда баў-бақша, палыз, майлы, собықлы ҳәм басқада егинлердиң туқымгершилиги менен шуғылланыўшы субектлердиң баслықлары дыққатына!

2024-жылдың 12-январь күнинен 10-февраль күнине шекем Нөкис районы аўыл хожалығы бөлиминде 2023-жыл өниминен баў-бақша, пализ, майли, собиқли ҳәм басқа егинлер туқымгершилигин жетистириў ҳуқықына ийе болыў ушын субектлер арасында тендер таңлаўы болып өтеди.
Таңлаўға қатнасатуғын фермер хожалықлар баслықлары төмендеги ҳүжжетлер топламын 2 нусқада район аўыл хожалығы бөлиминде дүзилген таңлаў комиссиясына 4-февраль күнине шекем усыныўы соралады.

1. Тендер комиссиясы атына арза
2. Ф/х атынан тилхат
3. Район аўыл хожалығы бөлиминиң мағлыўматнамасы
4. Фермер хожалығы, оның баслығы ҳәм жумысшы хызметкерлери ҳаққында мағлыўматнама
5. Ирригация бөлими мағлыўматнамасы
6. θсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги Нөкис районы бөлими тәрепинен берилген мағлыўматнама
7. Ф/х баслығының қәнигелиги ҳәм мағлыўматы ҳаққында ҳүжжет (диплом нусқасы)
8. Ф/х баслығының аўыл хожалығы тараўындағы ис стажын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (мийнет дәптершеси ҳәм басқада ҳүжжетлер)
9. Ф/х ислеп атырған туқымгершилик агрономның мағлыўматы ҳаққында ҳүжжет (диплом нусқасы)
10. Пул қәрежети ҳаққында тийисли банк тәрепинен берилген мағлыўматнама
11. Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Нөкис районы бөлими тәрепинен берилген мағлыўматнама ҳәм де техпаспорт нусқасы

Ҳүжжетлерди қабыллаў 2024-жылдың
10-февраль күни саат 18: 00 де тоқтатылады.

Қосымша мағлыўматлар ушын: +99890 728-26-73. 61-424-42-53
телефон нөмерлерине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Skip to content