Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў мектеплердиң руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша директор орынбасарлары менен ушырасыў болып өтти

Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими ислеўшилери ҳәм райондағы мектеплердиң руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша директор орынбасарлары менен мутаассиблик, экстремизм ҳәм терроризм, миссонерлик пенен байланыслы қәўиплерден сергикликке шақырыў, республикада диний ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған кең көлемли реформалар мазмун мәнисин түсиндириўге қаратылған үгит-нәсият илажы өткерилди.
Илажға Нөкис районы бас имам-хатиби А.Салимов, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси Д.Таўекеловлар қатнасты.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алып, оларға “Огоҳ бўлинг!” видеоролиги қойып берилди.

Skip to content