Нөкис районы ҳәкими, 1-сектор баслығы З.И.Зайтовтың
ЕСАБАТЫ
Ассалаўма алейкум ҳүрметли районлық Кеӊес депутатлары, сессия қатнасыўшылары!
Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтыӊ 2022-жыл 26-август күни Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм бағдарламаларыныӊ орынланыўы ҳәмде жыл жуўмағына шекем әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар бойынша халық депутатлары жергиликли Кеӊеслеринде сектор басшыларыныӊ есабатын тыӊлаў” бойынша тапсырмасынан келип шығып, 2023-жылдыӊ 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында тоқтап өтсем.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-августтағы «Аймақлардың жедел социал-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3182-санлы қарарына тийкар, Нөкис районы 1-сектор аймағы бойынша жәми 2 МПЖ (Ақтерек, Дийқан арна), 2 АПЖ (Қырантаў, Тақыркөл) бириктирилген.
Секторға бириктирилген аймақларда жәми 16 505 халық жасайды. Хожалықлар саны 3272, шаңарақлар саны 4060. Мийнет ресурслары 8,1 мыӊ адамға туўра келип, экономикалық актив халық саны 6,2 мыӊ пуқараны қурайды, соннан жумыс пенен бәнт халық саны 5,4 мыӊ пуқара, сектор бойынша жумыссызлық дәрежеси 9,2% (800 адам)
Аймақта, 10 мектеп, 6 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми,
1 аўыл шыпакерлик поликлиникасы, 1 аўыллық шыпакерлик пункти жумыс алып бармақта.
Сектор жумысшы топары ағзалары тәрепинен пуқаралардан келип тускен мүрәжатлерде көтерилген машқалалар белгиленген тәртипте үйренип шығылып өз шешимин таппақта.
Нөкис районы 1-сектор аймағында пуқаралар жыйынларына мәҳәллебай ислеў, кәмбағаллықты қысқарттырыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў системасын енгизиў бойынша ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлледеги жаслар жетекшилери тайынланды. Оларға жумыс алып барыўлары ушын барлық қолайлықлар жаратылды.
Пуқаралар жыйынларына тайынланған ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлледеги жаслар жетекшилери тәрепинен өзлерине бириктирилген аймақлардағы хожалықларды ҳәм жасларды сораўнама тийкарында үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти аймақта халық менен сәўбет қылыўдың жаңаша системасы – “мәҳәллебай” тийкарында жумыс шөлкемлестириў, усы арқалы халықтың машқалаларын, өтинишлерин шешиў мақсетинде мәҳәллениң раўажланиў режесин ислеп шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў, “мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша халықтың турмыс шараятларын жақсылаў ҳәм де бәнтлигин тәмийнлеў, олардағы бар машқалаларды анықлап, шешиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы менен 2023-жыл басынан баслап, исленген қоспа режеге тийкар, район ҳәкимине бириктирилген 1-сектор аймағында жәми 42 мәрте көшпели қабыллаўлар өткерилди. Көшпели қабыллаўлар даўамында, пуқараларымыз тәрепинен 274 мүрәжат келип түскен болса, соннан
202 мүрәжатқа унамлы шешилди ҳәм ҳуқықый түсиниклер берилди, 55 мүрәжатқа тийкарланған түсиниклер берилди. Ал, 9 мүрәжат бүгинги күнде үйрениў басқышында болса, 11 мүрәжат узақ мүддетли қадағалаўға алынып, тийисли тараўлар менен үйренип шығылыўы тәмийинленбекте.
Соныӊ менен бирге, усы жылдыӊ февраль-апрель айларында Аққорған районы тәжрийбеси тийкарында, сектор аймағындағы 3006 хожалық ҳәм усы аймақларда жайласқан социаллық объектлер үйме-үй жүриў арқалы үйренип шығылып, олардағы анықланған машқалалар басқышпа-басқыш унамлы тәрепке шешилип келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 52-санлы қарары тийкарында, район аймағында 970 аўыр турмыс шараятындағы шаӊарақтыӊ турақ жайларын шиферлаў ҳәм жасаў ушын жарамсыз, авариялық жағдайдағы үй жайларды жаӊадан қурыў режелестирип, усы Режеге муўапық, ҳәзирги күнде 1-сектор аймағынан 55 пуқараныӊ турақ жайлары шиферлап берилген болса, 56 пуқараныӊ шаӊарақларында бул жумыслар даўам етип атыр.
Бул жумыслар менен бир қатарда, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нде болған пуқаралардыӊ социаллық аўҳалын жақсылаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нде болған пуқаралардыӊ социаллық аўҳалын жақсылаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Соннан: “ТЕМИР ДӘПТЕР” бойынша:
Сектор бойынша 2023-жылда 381 шаңарақлар (шаңарақ ағзалары саны 1 471 пуқара ) “Темир дәптер”га киритилген болып, 346 шаңарақ (шаңарақ ағзалары саны 1337 дана) белгиленген тәртипте “Темир дәптер”ден шығарылды.
Соннан, жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленген 231 пуқара экономикалық комплекске, 12 пуқара исбилерменликке, 1 пуқара өнерментшилик, 93 пуқара жәмийетлик жумысларына, 32 пуқара аўыл хожалығы комплексине, 56 пуқара қурылыс комплексине, 35 пуқара инвестиция комплекслерине жумысқа жайластырылды. Сондай-ақ, жыл даўамында ҳәр қыйлы қәўендерлик жардемлер көрсетиў арқалы сектор аймағынан 17 пуқара “Темир дәптер” дизиминен шығарылды.
Бүгинги күнге келип, “Темир дәптер”де бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған, социал жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген
35 шаңарақлар қалмақта. Ҳәзирги ўақытта бул шаңарақларды “темир дәптер”ден шығарыў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.
Соныӊ менен бирге, 1-сектор аймағынан “Темир дәптер” дизиминде болған 8 шаӊараққа қуяш панеллерин орнатыў ушын қаржылар ажыратылды.
“ҲАЯЛЛАР ДӘПТЕРИ” бойынша:
Усы жыл басынан 1-сектор аймағынан 30 жас ҳәм оннан жоқары болған
421 ҳаял-кызлар “Ҳаяллар дәптери”не киргизилип, үйрениўлер нәтийжесинде 237 пуқараныӊ социаллық қорғаўға мүтәж, 50 ҳаял-қыздыӊ исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши, 46 пуқараныӊ бағыўшысы болмаған шаӊарақтан екенлиги, 47 ҳаял-қыздыӊ социаллық жәрдемге мүтәж 1 ҳәм 2-топар майыбы, жедел медициналық жәрдемге мүтажлиги, 16 ҳаял-қыздыӊ турақ жайға мүтәжлиги, 25 ҳаял-қыздыӊ қарамағында майып перзентлери бар пуқаралар екенлиги анықланып, оларды жыл даўамында ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ис илажлар белгилеп алынды.
Соннан бүгинги күнде, бүгинги күнде 223 социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға ҳар қыйлы бағдарларда жәрдемлер көрсетилди, 48 ҳаял-кызға исбилерменлик пенен шуғылланыўға көмеклесилди. Бағыўшысы болмаған 12 ҳаял-қыздың үй-жайы оңлап берилди, 151 ҳаял-қызға медициналық, қарамағында майыплығы болған 68 ҳаял-қызларға ҳәр қыйлы бағдарларда әмелий жәрдемлер көрсетилди.
“ЖАСЛАР ДӘПТЕРИ” бойынша:
Усы жылда жумысшы топар тәрепинен 1-сектор аймағындағы жаслардың мәселелерин анықлаў, олардыӊ усыныс ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде сораўнамалар өткерилип, соннан 270 жас дизимге алынып, есабат дәўирине шекем 60 (22,2%) жасларға ҳәр қыйлы бағдарларда әмелий жәрдемлер берилди.
Соннан, 31 жасқа кредит, 24 жасқа 29,3 га жер майданлары ажыратылды. Соның менен бирге, 15 жас мийнет қураллары менен тәмийинленди, 3 жастың мобилзациялық шақырыў резерви ушын контракт пуллары төленип, әскерий хызметке жиберилди.
Сондай-ақ, 1-сектор бойынша “Жаслар дәптери”га киритилген жоқары тәлим мәкемелеринде тәлим алып атырған, шаңарақ шараяты аўыр болған
21 дана жастың оқыў орынларындағы шәртнама пуллары төлеп берилди. 4 жасқа пуқаралық паспорты алып берилди.
1-сектор бойынша пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен есабат күнине шекем 3326 хожалық хатлаўдан өткерилип, соннан 965 (60,5%) пуқаралардыӊ жумыссыз екенлиги анықланған болса, олардан 826 пуқараныӊ (144 пуқара турақлы жумыс пенен, 78 пуқара жәмәәтлик жумысларға, 604 пуқара өзин-өзи бәнт еткенлер) бәнтлиги тәмийинлениўине ерисилди.
Буннан тысқары, шаӊарақ исбилерменлигин раўажландырыў мақсетинде, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 1084 пуқара ушын усыныслар берилип, олардан 723 пуқара ушын 14 млрд 681 млн сўм муғдарындағы кредитлер ажыратылды.
Сондай-ақ, сектор аймағынан жәми 54 (21 жеке тәртипте, 33 юридикалық тәртипде) исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябръ кунги
ПҚ-20-санлы қарарында көрсетилген ўазыйпалар есабынан сектор аймағында “е-ауксион.уз” платформасиндағы ашық саўдасынан 240,4 гектар жер майданлары пуқаралар тәрепинен жеӊип алынды.
Инвестиция тараўы бойынша :
2023 жылда 1-сектор аймағында жәми 7 жойбарда (баҳасы 35,5 млрд. сумлық) 94 жана жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген. Соннан тараўлар кесиминде:
Санаатда 26,7 млрд сумлық 4 жойбар 78 жумыс орны;
Хызмет көрсетиўде 8,8 млрд сумлық 3 жойбар 16 жумыс орны;
Бүгинги күнде, усы жойбарларды әмелге асырыў бойынша тастыйықланған тармақ кестеси бойынша қурылыс-монтаж жумыслары алып барылмақта. Сондай-ак январь-октябрь айы жуумағы менен 3,5 млрд сумлык
1 жойбар (Биогумус ф/х) амелге асырылып 14 жана жумыс орынлары жаратылды.
Қурылыс тараўы бойынша:
1-сектор аймағында Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл февраль айындағы сапары даўамындағы 16-санлы протоколы тийкарында, 4,3 млрд. сумлық 9 жойбарлардан, әмелде 4,3 млрд сумлық (100%) жумыслар әмелге асырылды.
Соннан :
2 Медициналық контейнерларди орнатыў 210 млн. сум болып, әмелде 210 млн.сумлық (100%);
17,1 км ишки жолларды ремонтлаў 4,1 млрд.сўм болып, әмелде 4,1 млрд.сўмлық 100% жумыслар орынланды.
Сондай-ақ, усы жылда “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳелле” бағдарламасы тийкарында 3 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылыўы белгиленген болып, әмелде 3 млрд сумлық (100%) жумыслар әмелге асырылды.
Соннан :
29 -мектепке спорт зал курыў мақсетинде 1,5 млрд.сўмлық;
3,8 км ишки жолларды ремонтлаў ушын 0,8 млрд. сўмлық;
1 трансформатор орнатыў, 4 км электр тармақларын тартыў ушын 0,5 млрд. сумлық,
8 км байланыс тармақларын тартыў максетинде 160 млн.сўмлык жумыслар әмелге асырылыўы белгиленип, бул жумыслар толығы менен орынланды.
Аўыл хожалығы тараўында:
1-сектор аймағынан 2023-жылда пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған майданлар 366,9 жер майданлары электрон саўда тийкарында 440 пуқара тәрепинен жеӊип алынды.
Соныӊ менен бирге, 2023-жыл ҳасылы ушын сектор бойынша режедеги 560 га жер майданларынан 560 га жер майданларына лазерли жер тегислеў жумыслары алып барылды.
-сектор бойынша усы жылда 71 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 993 гектар майданға пахта өнимин егилип, ҳәзирги күнде 1294 тонна пахта жетистирилди.
Буннан тысқары, 2024-жыл ҳасылы ушын 2297 га жер майданларына бийдай туқымы егилип, тәрбияланбақта.
Ерте писер ғәлледен босаған 870 га жер майданларыныӊ 151 га майданға овощ, 10 га майданға палыз, 187 га майданға майлы егинлер, 328 га жер майданына дәнли егинлер, ҳәм 194 га жер майданына азықлық егинлери егилди.
Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!
Сөзимниӊ жуўмағында, районды, соныӊ ишинде 1-сектор аймағын социал-экономикалық тәрептен коллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша белгиленген ис-илажлар режесин әмелге асырыў бойынша ислеп шығылған “Жол карта”ға тийкар аймақтағы машқалалардың шешилиўи бойынша барлық ис-иләжлар әмелге асырылғанлығын, соныӊ менен бир қатарда бул бағдардағы жумыслардыӊ алдағы ўақытта да системалы түрде даўам ете беретуғынлығын айтып өтпекшимен.
Дыққатларыӊыз ушын рахмет!




