Алдын хабар бергенимиздей, мәҳәлле жаслары арасында спорттың киши футбол, болейбол ҳәм шахмат түрлери бойынша «Ҳәким кубогы» спорт жарысы өткерилди. Спорт жарысына райондағы мәҳәллелерден 13 команда өз-ара күш сынасып, жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Спорттың киши футбол түри бойынша 🥇1-орынды Кердер АПЖ; 🥈2-орынды Ақмаңғыт ППЖ; 🥉3-орынды Төктаў МПЖ; Спорттың волейбол түри бойынша 🥇1-орынды Саманбай АПЖ; 🥈2-орынды Бақаншақлы АПЖ; 🥉3-орынды Қутанкөл МПЖ; Шахмат түри бойынша 1-орынды Турғанбаев Жорабек, 2-орынды Даўлетбайев Ҳасылбек, 3-орынды Оразбаев Жасурбек ҳәм Қуўанышбаев Жанибек ийеледи. Сондай-ақ, қызлар арасында 1-орынды Ердашбаева Айзия, 2-орынды Махсетбаева Шахноза, 3-орынды Мухаммедярова Бийби-Айша ҳәм Узақбаева Динаралар жеңип алыўға мияссар болды. Бүгин райондағы Руўхый-ағартыўшылық сарайында район ҳәкими З.Зайтов жеңимпаз болған командаларды қутлықлап, район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген диплом ҳәм де баҳалы саўғалар тапсырылды.
«Ҳәким Кубогы»ның жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти
