Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 500-санлы қарары тийкарында Нөкис районында 2023-жылда топырақ жолларды қум-щебенли жолларға өткериў жумыслары даўам етпекте.
Атап айтқанда, усы қарар бойынша 1млрд 796млн сўм қаржы ажыратылып, 13км ишки көшелерди топырақ жолларды қум-щебенли жолларға өткериў ҳәм абаданластырыў бойынша “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны Тарлы аўылы 7,6км, “Қырантаў” аўыл пуқаралар жыйыны ПМК-18 аўылыныӊ 1,4км узынлықта ишки көшелерине ЩПС (қум щебен араласпасы) төсеў ҳәм тегислеў жумыслары жуўмақланды.
Ҳәзирги ўақытта “Қутанкөл” мәкан пуқаралар жыйыны Мақсым қала ҳәм Тоқымбет аўылларына 3,9км ЩПС (қум щебен араласпасы) төсеў ҳәм тегислеў жумыслары алып барылмақта.