Кешки яки сыртқы тәлимде билим алып атырған хызметкерлерге сессия тапсырыў ушын мийнет ҳақы сақланған ҳалда дем алыс бериледи

Жоқары оқыў орынлары, техникум яки колледжлерде кешки яки сыртқы тәлимде оқып атырған хызметкерлерге лаборатория-имтихан сессияларында қатнасыў ушын орташа ис ҳақы сақланған түрде төмендеги мүддетлерде оқыў дем алысы бериледи

◽️Жоқары оқыў орынларында кешки тәлимде оқып атырған 1-2-курс студентлерине – кеминде 20 күн, техникум яки колледжлерде – кеминде 10 күн, Жоқары оқыў орынлары ҳәм техникум яки колледжлерде сыртқы тәлимде оқып атырғанлар болса – кеминде 30 күн;

◽️ Жоқары оқыў орынларында кешки тәлимде 3-4-курсларда яки оннан жоқары курсларда оқып атырғанларға – кеминде 30 күн, техникум яки колледжлерде – кеминде 20 күн, Жоқары оқыў орынлары ҳәм техникум яки колледжлерде сыртқы тәлимде оқып атырғанларға болса кеминде 40 календарь күн.

Skip to content