Бүгин Нөкис районы Ақмаӊғыт посёлкалық пуқаралар жыйынындағы Нөкис районы спорт мектебинде “Үш әўлад ушырасыўы” болып өтти. Ушырасыўға нураный А.Даўлатмуратов, А.Юсупов ҳәм районлық нураный қоры баслығы Ж.Қайповлар қатнасты.
Бул ушырасыўдыӊ мақсети турмысымызда үлкен тәжирийбе мектебин жаратып үлгерген нураныйларымыздың ɵмир жолы менен мол турмыс тәжирийбеси бүгинги әўладқа жеткериўден ибарат. Соның менен бирге илажда нураныйлар өзлериниң өмир жолы ҳәм тәжирийберлери бойынша жасларға мәсләҳәтлер берип пикирлер алмасты.