район ҳәкиминиӊ орынбасары Қ.Моятдинов өзине бириктирилген жаслардың мүрәжатларын тыңлады

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында 2023-жыл 11-апрель күни өткерилген видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, район аймағында жасаўшы жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў бойынша тапсырмалар берилген еди.

Бүгин, район ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Қ.Моятдинов өзине бириктирилген жаслардың мүрәжатларын тыңлаў ҳәм машқалаларын сапластырыў мақсетинде жаслар ҳәм олардыӊ ата-аналары менен шаӊарағына барып ушырасты.

Ушырасыўда жаслардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда оларды кәсипке бағдарлаў, арнаўлы курсларда оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилетуғынлығын айрықша атап өтти.

Skip to content