Сейсмик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша семинар өткерилди

Сейсмик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша семинар өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-майдағы “Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмик қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириўге байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-158-санлы қарары тапсырмасы тийкарында республикамызда “Халықты жер силкиниўде ҳәрекет етиўге таярлаў ҳәптелиги” өткерилмекте.

Ҳәптелик шеңберинде мекемелер, кәрханалар ҳәм пуқаралар жыйынларының тийисли қәнигелери қатнасында оқыў семинары өткерилди.

Семинар даўамында қабыл етилген қарар тийкарында әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм пуқаралар тәрепинен жер силкиниў жүз берместен алдын, жер силкиниў жүз бергенде ҳәм де жер силкиниўден соң әмелге асырылатуғын ҳәрекетлер түсиндирилип өтилди.

Skip to content