Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис үшинши сессиясы болып өтти

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ киши мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис үшинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды. Биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023-жыл июль-сентябрь айлары даўамында исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжелилигин үйрениў жуўмақлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гүлмановтыӊ баянаты тыӊланды. Екинши мәселе Нөкис районы Абаданластырыў басқармасы тәрепинен 2023-жыл январь-август айлары даўамында әмелге асырылған жумысларының бойынша Нөкис районы Абаданластырыў басқармасы баслығы ў.ў.а Қ.Қулымбетовтыӊ тыӊланды. Үшинши мәселе “Нукустумангаз” газ тәмийнаты районлық бөлими тәрепинен 2023-жыл январь-август айлары даўамында әмелге асырылған жумысларының ҳаққында “Нукустумангаз” газ тәмийнаты районлық бөлими баслығы Қ.Джалекеевтыӊ  баянаты тыӊланды. Төртинши мәселе Нөкис районы суў тармақлары кәрханасы тәрепинен 2023-жыл январь-август айлары даўамында әмелге асырылған жумысларының ҳаққында Нөкис районы суў тармақлары кәрханасы баслығы ў.ў.а Р.Медетовтыӊ есабаты тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Перейти к содержимому