Нөкис районы “Кердер” АПЖ аймағында жайласқан 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жоқарғы класс оқыўшылары қатнасында Жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият илажы өткерилди. Илажга Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси Д.Таўекелов, Ишки ислер бөлими профилактика инспекторы М.Сийпатдинов, Республика руўхый-ағартыў орайы районлық бөлими қәнигеси А.Кеңесбаев, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими сектор баслығы К.Сарсенбаев, “Кердер” АПЖ жаслар жетекшиси И.Хожаметовлар қатнасты. Илаж даўамында оқыўшы жаслар күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзлериниң оқызықтырған сораўларына жуўап алды.
Состоялся учебный семинар по профилактике правонарушений и преступности среди молодежи.
