Судья менен ушырасыў

Бүгин, Нөкис районы «Ақманғыт» ППЖ аймағында Нөкис районы жынаят ислери бойынша суды баслығы А.Сейтанов ҳәм Прокуратура, Ишки Ислер бөлими, Әдиллик бөлими, Салық, Айрақша жағдайлар бөлими хызметкерлери қатнасында Өзбекстан Республикасы «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериӯ институты жетилистирилиӯи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиӯ ҳаққында»ғы 2023 жыл 27-сентябрь күнги ӨРН-869-сан Нызамның орынланыӯын, орынлаӯшыларға жеткерилиӯи ҳәмде мазмун ҳәм әҳмийетин усы аймақ турғынларына толық таныстырыӯ мақсетинде ушырасыӯ болып өтти. Нөкис районы жынаят ислери бойынша суды баслығы А.Сейтанов ҳүким ҳәм уйғарыӯлардың нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериӯ түрлери апелляция, кассация ҳәм бақлаӯин станцияларының тийкарғы түсиниги ҳаққында айтып, киритилген жаңалықлар мәнисин толық ашып берди. Пуқаралардың машқалалары аймақтың өзинде шешилиӯин, бунда ҳәр бирин станцияда толық суд тергеӯи өткериӯ кепиллиги берилип, жуӯмақлаӯшы қарар шығарыӯ имканияты жаратылғанлығын ҳәмде суд қарарларын бийкар етип район судларына қайтарыӯ әмелияти тоқтатылғанлығын түсиндирип, әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың әӯерегершилигиниң алдын алыӯға, ҳәр бир суд басқышы жуӯапкершилигин өз мойнына алып, ис жүзесинен нызамлы ҳәм әдил қарар қабыл етиӯге қаратылғанлығы ҳаққында түсиник берип өтти.   Жынаят ислери бойынша Нөкис суды баслығы Сейтанов Азат Исмайлович

Перейти к содержимому