11-апрель күни Нөкис районы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңестиң суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты О.Бекбергенов райондағы аймағындағы көше бийлери менен ушырасты

#Референдум

11-апрель күни Нөкис районы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңестиң суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты  О.Бекбергенов райондағы  аймағындағы көше бийлери менен ушырасты. Онда шығып сөйлеўшилер,  мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған социал-економикалық реформалардың мазмун-мәниси,  әсиресе жәмийетте «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың пәраўанлығын арттырыў,  економика тармақларын трансформация қылыў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў барысындағы әмелге асырылып атырылған жумыслар атап өтилди. Сондай-ақ,  θзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берилип,  Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.

Перейти к содержимому