9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 30 жыл толыўы

Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳəм көркем-өнер мектебинде 9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 30 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Байрам илажында район ҳəкими О.Уснатдинов ҳəм басқалар шығып сөйлеп, пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен бекитилген ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўи ҳәм ҳәр бир инсанның өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшыларды байрам салтанаты менен қызғын қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң тийкарғы кепили сыпатында халқымыздың арзыў-әрманларын, мақсетлерин жүзеге шығарыўшы ең әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

Байрам кешеси соңында, қатнасыўшылар районлық Мəденият бөлими тәрепинен таярлаған байрам концертин тамаша етти.

Перейти к содержимому