Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2017-жыл14-март күнги “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын жәнеде жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-2833-санлы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылдыӊ 6-апрель күни “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы” күни мүнәсибети менен Нөкис районы “Ақмаӊғыт” ППЖ имаратыныӊ мәжилислер залында жынаят ислери бойынша Нөкис районы судыныӊ баслығы А.Сейтанов, Нөкис районы ишки ислер бөлими баслығыныӊ орынбасарлары подполковник М.Рахматуллаев ҳәм подполковник Ж.Реймов, Нөкис районы бас имами А.Салимов, ишки ислер бөлими пробация топары аға инспекторы капитан Д.Хожамуратов ҳәмде кең жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте, ишки ислер бөлими жәмийет қәўипсизлиги хызмети пробация топары есабында жазаларын өтеп атырған шахслар қатнасында профилактикалық илаж шөлкемлестирилди.
Профилактикалық илаж барысында жуўаплы қәнигелер шығып сөйлеп мазмунлы баянат жасап, керекли мәсләҳатлерин айтып өтти.