Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша Нөкис районы аймағында жәми 970 үй белгилеп алынып, соннан 884 жайдың төбесин шиферлаў, 86 турақ жай болса жарамсыз ҳәм қайта қурыўға мүтәж деп табылған. Буның ушын Самарканд ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен жәми 14,7 млрд сум қаржы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта турақ жайлардың төбесин шиферлап бериў жумыслары басланды. Халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың абаданлығы жолында барлық илажларды көриў бүгинги күнниң әдиўли ўазыйпаларынан саналады ҳәм бул жолда еле талай ийгиликли жумыслар әмелге асырылады. Усы мүнәсибет пенен район ҳәкими О.Уснатдинов ҳәм сектор басшылары қатнасында баспасөз конференциясы болып өтти. Конференцияда көше бийлери, көше басы ҳаяллары қатнасты.
Пресс-конференция
