Нөкис районы кәсип-өнер мектеби оқыўшы жаслары менен “Миллий кийим-руўхыйлық айнасы” атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти.
Илажға Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Х.Ибрагимова, Нөкис районы ҳәкими орынбасары, ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаева, Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы Нөкис районы бойынша бас қәнигеси Д.Таўекелов, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, сондай-ақ, кәсип-өнер мектеби жәмәәти ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты.
Илажда жаслар арасында кийиниў мәденияты ҳәм әдебине әмел етиў, ғалабалық ҳәм басқа мәдениятларға еликлеўиниң алдын алыў, миллий үрп-әдет ҳәм қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мәқсетинде үгит-нәсият илажлары, сондай-ақ, миллетлераралық мүнәсебетлер тараўында республикамызда алып барылып атырған жумыслар мазмун-мәниси менен кеңнен таныстырыў, түрли миллет ўәкиллери жасаўшы елимизде жаслардың билим алып ҳәр тәреплеме жетик инсан болып камалға жетиўи, жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, дослық орталығын ҳәм көп миллетли үлкен шаңарақ туйғысын беккемлеў, жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, елимизде “инсан қәдири ушын” принсипи тийкарында әмелге асырылып атырған реформалар кең үгит-нәсият етилди.
Оқыўшы жаслар тәрепинен “Кийиниў мәденияты – миллет көрки” атамасында ҳәм “Өзбекстан-улыўма үйимиз” сүрени астында сахналық көринислер, сондай-ақ, “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” атамасында “Ең жақсы сүўрет” таңлаўы өткерилди.
Илаж соңында белсенди қатнасқан жасларға ҳәм ҳаял-қызларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.




