Нөкис районы 21-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплери хызметкерлери арасында «Саў денеде – сапалы билим» сүрени астында Кәсиплик аўқам кубоги спорт жарысларының Нөкис районлық басқышы болып өтти. Жарысқа мектеплерден жәми 116 хызметкер қатнасты.
Жарыс жуўмағында спорттың «Киши футбол» түринен 1-орынды 23-санлы мектеп командасы,«Волейбол» түринен ер балалар арасында 1-орынды 7-санлы мектеп, ҳаял-қызлар арасында 19-санлы мектеп командасы,«Стол тенниси» бойынша ерлер арасында 1-орынды 1-санлы мектептен Р.Жамалов, ҳаял-қызлар арасында И-орынды Қәнийгелестирилген мектептен А.Жумабаева, «Шахмат» бойынша ерлер арасында 1-орынды 16-санлы мектептен Ш.Кайпов, ҳаял-қызлар арасында 1-орынды 1-санлы мектептен Г.Кощанова, «Шашка» бойынша ерлер арасында 1-орынды 16-санлы мектептен Т.Ғаниев, ҳаял-қызлар арасында 1-орынды 31-санлы мектептен У.Аймановалар жеңип алды.
Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Жеңимпазларды Кәўендер шөлкемлер ҳәм Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис районы бөлимше кенеси тәрепинен таярланған саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.
«Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде жарыслар өткерилди
