«Китапқумарлық ҳәптелиги»

Халықтың, әсиресе жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылықларын асырыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын еледе раўажланлырыў бағадарында тараўда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Бүгин, Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайында 21-27-апрель күнлери даўамында «Өзбекстан-китапқумарлар журты» ураны астында V Республика «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашлыў мәресими болып өтти. Илажға Нөкис районы Нураный қоры баслығы Ж.Қайпов, Адиллик бөлими баслығы А.Өтеўлиев, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, жазыўшы ҳәм журналистлер қатнасты. Онда сөзге шыққанлар, қатнасыўшыларға ҳәм оқыўшы жасларға китап-бул руўхый азық китапқумарлық болса ең ағла пайзыйлет екенлиги түсиндирилип, китап пенен дос болыўға оны қәдирлеўге шақырды. Буннан соң, Илаж шеңберинде жыл даўамында китапхана илажларында белсене қатнасқан ҳәм ең көп китап оқыған китапқумар ата-аналарымыз бенен биргеликте белсенди жасларымызға Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен естелик саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Сондай-ақ, Мәлимлеме-китапхана орайы қәнигелери тәрепинен китапханамызға жаңадан келген көркем әдебиятлардан М.Нызановтың “Тутқын,” “Қарақалпақтың даңқлы перзентлери” Юй Хуаның “Жасаў” романларына библиографиялық шолыўлар берип өтилди.

Skip to content