Бүгин 2023-жыл 20-май күни Нөкис районы ҳәкимлиги мәжилислер залында сектор басшылары ҳәм МҚХ район бөлими баслығы қатнасыўында мәҳәллелердеги жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар барысы сын көз қараста додаланды.
Бунда, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлими баслығы А.Моятдиновтың 2023-жыл биринши шереги даўамында исленген жумыслары бойынша есабаты тыңланып, 13 мәҳәлледеги жаслар жетекшилериниң рейтинг баҳалаўында ең төмен көрсеткишке ийе болғанларға тийисли шаралар көрип шығылыўы белгиленди.
Буннан соң, район ҳәкими О.Уснатдинов тәрепинен мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери тәрепинен жол койылған қате-кемшиликлерди сапластырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилип, орынланыўын өз қадағалаўына алды.