9-май “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни”

Бүгин район орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында 9-май “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” Екинши жер жүзлик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы байрамы салтанатлы түрде белгилеп өтилди.

Байрам салтанатында районымызда Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың ҳүрметине гүл шеңберлерин қойып, оларды еске түсирди.

Бул илажға район ҳәкими О.Уснатдинов, сектор басшылары, нураныйлар, жаслар ҳәм бир қатар район белсендилери қатнасты.

Skip to content