Пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен корилетуғын ислердиң копшилигин үй-жай даўлары менен байланыслы даўалар қурады.Үй-жай нызамшылығына әмел қылыў пуқаралар, сондай-ақ, үй-жай фондын есапқа алыў, сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаўды тәмийнлеў ўәкиллиги жуклетилген мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкеме ҳәм шолкемлердиң үй-жайға болған ҳуқықы ҳәм мәплерин қорғаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады. Соның ушын судлар тәрепинен бундай категориядағы ислерди кориўде жуўапкерликти және де асырыўлары, даўлардың нызамлы көрилиўин толық тәмийинлеўлери лазым. Судлар тәрепинен үй-жай менен байланыслы даўа арзаларды қабыл етиўде истиң судқа тийислилигин, талапкердиң бундай даўа арза менен судқа мүрәжат етиўге ўәкиллиги бар яки жоқ екенлигин тексерип, тийисли процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўлары зәрур.Атап айтқанда судлар төмендеги үй-жай даўларын шешиў ўәкиллигине ийе:
-жеке ҳәм мәмлекетлик үй-жай фондларына қараслы турақ жайларды ижараға бериўши ҳәмде ижараға алыўшылар, олардың шаңарақ ағзалары ортасындағы үй-жай мүнәсебетлери бойынша жүзеге келген даўлар;
-үй-жай қурыў яки үй-жай кооперативи менен пуқаралар ортасындағы үй-жай мүнәсебетлеринен келип шығатуғын даўлар;
-мәмлекетлик үй-жай фондының турақ жайға берилген ҳүжжетти (ордерди) ҳақыйқый емес деп табыў ҳақкындағы даўлар;
-ижара шәртнамасын өзгертириў ҳәм бийкар қылыў ҳаққындағы даўлар;
-Үй-жай кодексиниң 71-74, 79, 85-статьяларында көрсетилген тийкарлар бойынша турақ жайдан шығарыў менен байланыслы даўлар;
-пуқаралық ҳуқық миннетлемелери тийкарында жүзеге келетуғын үй-жай менен байланыслы даўлар;
-жер участкалары мәмлекет яки жәмәәт зәрүрликлери ушын алып қойылыўы мүнәсебети менен жүзеге келетуғын даўлар;
Мүлкдар, оның шаңарақ ағзалары, ижарашы ҳәм оның ер жеткен шаңарақ ағзалары ортасында үй-жай мәселесынде келип шыққан даўлар (жайға киргизиў, үй-жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў, жайдан шығарыў) суд тәртибинде кориледи ҳәм бул категориядағы ислерди көриўде даўлы жайда жасаўшы ер жеткен барлық шахслар тийислилиги бойынша иске тартылыўы лазым.
Мүлкдарға қарата үй-жайда жасаў ҳуқықын жоғалтқан деп табыўға жол қойылмайды.
Нотариал тәртипте дүзилген үй-жай шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ жай есабынан шығып кетиў мүддети корсетилген болса, сол мүддет тамамланған күннен баслап олар турақ жайдан пайдаланыў хуқықын жоғалтқан болып есапланады.
Үлесли мүлктеги үй-жайларды бөлиўде мулкдарлар өз-ара келисе алмағанда ғана суд тәртибинде шешиледи.
Үлесли мүлк болған турақ жайлар мүлкдарларға олардың үлесин натура ҳалында ажыратып бериў орнына басқа мүлкдар тәрепинен компенсация төлениўине мүлкдарлардың разылығы менен жол қойылады. Мүлкдарлардың үлеси сол турақ жайға қарата басқа мүлкдардың үлесинен бир қанша кем болса, үлеске тең бөлистириўдиң имканы болмаса, мүлкдар даўлы үйде жасамай атырған болса, ол басқа үй-жай менен тәмийинленген болса, мүлктен пайдаланыўдан үлкен мәпке ийе болмаған жағдайларда суд усы мүлкдар разылық бермеген жағдайда да үлесли мүлктиң қалған қатнасыўшылары мойнына усы мүлкдарға компенсация төлеў миннетлемесин жүклеўи мүмкин.
Мысалы, даўагер С.Ж. жуўапкер З.С. ға қарата турақ жайдан үлес алыў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.
Пуқаралық ислери бойынша районлараралық судыныӊ шешиўши қарары менен даўа қанаатландырылып, даўагер С.Жныӊ пайдасына жуўапкер З.С.дан 27.471.096 сум өндириў, даўлы жайды натура ҳалында жуўапкер З.С.ға қалдырыў белгиленген.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер С.Ж. ҳәм жуўапкер З.С. 1996 жылы турмыс қурған, орталарындағы некелери 2007 жылы 12 январь күни нызамлы түрде рәсмийлестирилген. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2015 жыл август айынан бирге жасамайды. 2016 жыл 15 сентябрь күнги судтыӊ шешиўши қарары менен тәреплер нызамлы некеден ажыратылған ҳәм 2016 жылы 7 декабрь күни олардыӊ некеден ажыратылғанлығы ПХАЖ бөлиминде дизимге алынған. Тәреплердиӊ некеде болған дәўиринде, яғный 2009 жыл 9 февраль күни районлық мәмлекетлик нотариал кеӊсесинде тастыйықланған турақ жайдыӊ алды-сатты шәртнамасына тийкар 21-киши район 56-жай 1-хана сатып алынған ҳәм жуўапкер З.С.ныӊ атына мүлк ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткизилген.
Даўагер жуўапкер менен неке даўамында алынған бул даўлы жайдан үлес ҳуқықына ийе екенлигин 2016 жылы сентябрь айында билген болсада, судқа 2022 жыл 6 ноябрьде мүрәжат еткен.
Жуўапкер З.С. даўа мүддети өткизип жиберилгенлиги себепли даўа мүддетин қоллаўды сорап судқа арза менен мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Шаӊарақ кодексиниӊ 27-статьясы, 9-бөлимине көре, некеден ажыратылған ерли-зайыплыныӊ улыўмалық мүлкти бөлиў ҳаққындағы талапларына қарата үш жыллық даўа мүддети қолланылады. Биринши инстанция суды усы нызам талапларын итибарға алмастан даўаны қанаатландырыў ҳаққында надурыс шешим қабыл еткен. Сол себепли апелляция инстанциясыныӊ уйғарыўы менен биринши инстанция судыныӊ шешиўи қарары бийкар етилип, даўаны қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққында жаӊа шешим қабыл етилген.
Қарақалпақстан Республикасы суды
судьясы Каипназарова Саодат Алимбетовна