Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен үшинши сессиясы болып өтти

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен үшинши  сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияныӊ күн тәртибинде еки мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды.

Биринши мәселе Нөкис районы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2024-жыл январь айы даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтыӊ есабаты тыңланды.

Екинши мәселе Нөкис районында Басламалы бюджет процесслерин өткериў ҳәмде қаржыландырыў тәртиби туўрысындағы нызамды тастыйықлаў ҳаққында Нөкис районы Экономика ҳәм қаржы бөлими баслығы орынбасары Б.Тилеуовтыӊ баянаты тыӊланды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content