Нөкис районы ҳәкими Зияўатдин Зайтовтың басшылығындағы делегация ағзалары тәжирийбе алмасыў мақсетинде аўыл хожалық тараўын раўажландырыў, қайта ислеў ҳәм қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў бағдарында Ферғана ўәлаятында хызмет сапарында болды. Әмелий сапар даўамында делегация ағзалары Ферғана ўәлаяты Қува районындағы нәл жетистириў орынларында болып, бул жердеги жетистирилген мийўе нәллери ҳәм жаңадан жаратылып атырған бағ орынлары менен жақыннан танысты. Делегацияның гезектеги сапар объекти Қува районы «Тамарқа жер участкаларында нәтийжели пайдаланыў илимий-әмелий орайы»ның жумыслары көзден өткерилди. Бул орында 395 гектар жер майданына шийе, ерик, алмурт, шабдалы ҳәм басқада мийўелерди жетистирип, Россия, Қытай ҳәмде Корея мәмлекетлерине 1,5 млн доллорлық экспорт етиледи. Буннан соң «YINGAI AGRO CUL URAL FOOD TECHNOLOGY» ислеп шығарыў кәрханасында болды. Ол жердеги шараятлар ҳәм жумыс процесси менен танысты. Кәрханада мийўе ҳәм жүзим өнимлерин қурытылып ҳәмде қадақланып шет ел мәмлекетлерине ҳәр жылы 300 млн доллорлық экспорт етилмекте. Соның менен бирге «Фрунс грант» жуўапркершилиги шекленген жәмийетинде болып, 37 гектар майданға тамшылатып суўғарыў технологиясы арқалы интенсив бағ жетистирип, бул жердеги жетистирилген мийўе өнимлери Россия, Норвегия мәмлекетлерине экспорт етиў жолға қойылған. Алтыариқ районындағы «Хайрулла Бахром Байматов» көп тармақлы фермер хожалығында болып, бул жерде 75 гектар майданға егилген жүзим сортлары менен танысты. Соннан, мерс, аватар, хусайини, маникюр жүзим сортлары жетистирип, фермер хожалығы тәрепинен 2 млн доллор муғдарында Россия мәмлекетине өнимлер экспорт етилмекте. Бул кәрхана тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар делегация ағзаларында унамлы тәсир қалдырды. Сапар жуўмағында Нөкис районында Ферғана ўәлаяты тәжирийбеси тийкарында жаңадан жүзим сортларын ҳәм бағшылықты раўажландырыў бойынша өз-ара келисип алынды.
Нөкис районы ҳәкими басшылығындағы делегация 2-3-декабрь күнлери Ферғана ўәлаятында хызмет сапарында болды




