Нөкис районында Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты пайдаланыўға тапсырылды
Бул имараттыӊ ашылыў салтанатына θзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, БМШ Раўажландырыў бағдарламасының Европа ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық аўқамы бойынша регионаллық бюросы директоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Зарекеевлер қантнасты.
Имарат қурылысы оның заманагөй қала қурылыс нормаларына сәйкес келиўи, әсиресе, физикалық мүмкиншилиги шекленген инсанлар ушын ең қолай шараятлар жаратылыўына бөлек итибар қаратылған.
Жаңа орайда электрон системасы, информация, өз-өзине электрон хызметлер көрсетиў ушын заманагөй зона, балалар майданшасы да орын алған.
Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлер орайында 280нен аслам мәмлекетлик хызметлерин көрсетеди ҳәм күнине 300 ге жақын халыққа хизмет көрсетиў мүмкиншилигине ийе.




