Көше бийлериниң ҳәр бир усынысы машқалалардың шешилиўине тийкар болады

Президентимиз басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында республикамызда көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығының орынлардағы системалы машқалаларды анықлаў бойынша көше бийлери менен ушырасыўлары басланған еди. Бүгинги ушырасыў Нөкис районында да өткерилди. Онда көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер қатнасып, еле де шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелер бойынша пикирлесилди. Айтып өтиў керек, алдыңғы ушырасыўда да көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилген еди. Бул машқалалардың көпшилиги Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 408-санлы қарарға тийкар өз шешимин тапты. Буннан тысқары, 213-санлы пәрман тийкарында да қатар машқалаларға мүнәсип жуўап табылды. Усы бағдарда халықты қыйнап киятырған барлық мәселе ҳәм мүрәжатлар басқышпа-басқыш халықшыл сиясат ҳәм әмелий жумыслар тийкарында сапластырылады. Бүгинги ушырасыўда өз нәўбетинде, көше бийлери тәрепинен мәҳәллелерди абат етиў ҳәм халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы бул мәселелер алдағы ўақытта әлбетте шешим табыўы зәрүрлигин атап өтти ҳәм өзиниң жеке қадағалаўына алатуғынын билдирди. Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық жемисли мийнетлери ушын бир қатар жасы үлкенлер “Ардақлы нураный” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Skip to content