Нөкис районы 15-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде ҳаял- қызлар арасында “Үш әўлад ушырасыўы” болып өтти

Нөкис районы 15-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде ҳаял- қызлар арасында “Үш әўлад ушырасыўы” болып өтти.

Ушырасыўға нураный Х.Бердиева, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы З.Арзыбаева, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊесиниӊ депутаты Д.Сариева ҳәм жаслар қатнасты.

Ушырасыўдан мақсет елимиз келешеги болған жаслардың тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң орнын асырыў, олардың кәмил инсан болып тәрбияланыўында мүнәсип орын ийелеўин тәмийнлеўден ибарат. Әлбетте, үш дәўирде жасап өмирдиң ойлы-бәлентин көрген, билим-тәжирийбе арттырған бундай инсанлардан сабақ алса арзыйды.

Skip to content