4-секторда көшпели қабыллаў өткерилди

Бүгин, Нөкис районы 4-секторға тийисли “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў мақсетинде Нөкис районы салық инспекциясы баслығы Б.Караматдинов басшылығында көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаў даўамында келип түскен мүрәжатлер бойынша сектор басшысы тәрепинен тийисли тараў басшыларына унамлы шешимин табыў бойынша көрсетпе ҳәм тапсырмалар берилди.

 

Соның менен бирге 4-секторға бириктирилген мәҳәллениң баслығы,  ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм мәҳәлледеги жаслар жетекшиси менен жыйналыс өткерилди.

Жыйналыста 2023-жыл 6 ай даўамында ҳәким жәрдемшиси тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында, сондай-ақ аймақтағы ҳаял-қызларды ҳәм жаслардың машқалаларды үйрениў ҳәм шешимин табыў жүзесинен әмелге асырылыўы лазым болған ис-илажлар белгилеп алынды.

 

Skip to content