Бүгин, Нөкис районы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйынында Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен көшпели суд мәжилис бөлип өтти.
Көшпели суд мәжлисине жыйынында Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтанов басқарып барды.
Нѳкис районы Айрықша жағдайлар бѳлими баслығының 2023-жыл 06-июль күнги Нѳкис районы «Ақманғыт» ППЖда жайласқан “Абатбаева Жулдыз” жеке карханаға тийисли болған объектте ѳрт қәўипсизлиги талапларына амел қылыныўы бойынша тексериў ѳткериў ҳаққындағы 51-санлы буйрығына тийкар 2023-жылы 17-июль күни тексериў ѳткерилип, тексериўде кәрхана өрт қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша 2023-жылда буйрық пенен жуўапкер хызметкерлер бекитилмегенлиги, Электр ток тармақларының сыртқы изоляция қабатының қарсылыққа шыдамлылығы сынаўдан өткерилмегенлиги, кәрхана тәрепинен өрт қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша қәрхана буйрығы менен өрт-техник комиссия ҳәм ықтиярлы өрт өшириў дружинасы шөлкемлестирилмегенлиги, оқыў шынығыў дәстүрлери ислеп шығылмағанлығы, бул мақсетте оқыў ханалары ажыратылмағанлығы, исши ҳәм хызметкерлер менен инструктажлар, өрт ўақтындағы ҳәрекетлерин үйретиў бойынша әмелий шынығыўлар өткерилмегенлиги, кәрхана аймағында жайласқан айырым имаратлардың өртке шыдамлылығы 2-дәрежели болып айырым имаратлардың там бастырмасы астындағы ағаш конструкциялардың жаныў қәсийетин пәсейтиўши суйықлық пенен ислеў берилмеген ҳәм өрттен қорғалмағанлығы, объект аймағында бар болған 1 дана өртке қарсы суў ҳәўизинен өрт өшириў техникалары еркин суў алыў шараятлары жаратылмағанлығы, кәрхана аймағындағы имаратларда электр ток тармақлары «Электр үскенелерин орнатыў қағыйдалары»на муўапық етип орнатылмағанлығы, кәрханада өрт ҳәм басқада айрықша жағдайлар жүз бергенде инсанларды ҳәмде материаллық байлықларды қутқарыў режеси ислеп шығылмағанлығы, кәрхана аймағы өртке қарсы қалқан ҳәм бирлемши өрт өшириӯ қураллары менен тәмийинленген болып, қалқанлар 200 л суў ыдыслары менен тәмийинленбегенлиги анықланған.
ҳуқықбузар О.А.тың ис-ҳәрекетлери Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 211-статьясы 1-бөлими менен дурыс квалификация етилген деп есаплап, ҳуқықбузарға жаза тайынлаўда, оның ис-ҳәрекетинен шын кеўилден пушайманлығын жеӊиллестириўши жағдайлары деп есаплап, ал оның жуўапкершилигин аўырластырыўшы жағдайлары жоқ деп таўып, статья санкциясы шеңберинде нәзерде тутылған жарийма жазасын тайынлаўды лазым тапты.
Суд мәжилисинде ҳуқықбузар А.А 2023-жыл 11-июль куни таныс жоралары менен спиртли ишимликлер ишкенлигин, мәс ҳалында ажырасқан ҳаялы ядына түсип , оның менен жарасыў мақсетинде оның үйине барғанлыгын, ол жерде қайын иниси Шынғызбай менен айтысып қалғанлығын, ИИБ хызметкери келгенлигин, оларға бойсынбастан қарсылық көрсеткенлигин, ИИБ хызметкерлери өзин айықтырыў ханаға алып барғанлығын, ол жерде ысытыў батареясын қопарып таслағанлығын, ертеси күни ысытыў батареяларын ислетип бергенлигин, ислеген исинен шын кеўилден пушайман екенлигин, кеширим сорайтуғынлығын, жеӊиллирек жаза қоллаўды сорап көрсетпе берди.
Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 34-статьясы тийкарында жеңиллирек жазаны аўыррағы менен қаплаў жолы арқалы базалық есаплаў муғдарының 3(үш) есеси, яғный 990.000 (тоғыз жүз тоқсан мың) сўм жәрийма жазасы тайынланды.