✅Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты Р.Сапарниязов тәрепинен “Ақмаңғыт” посёлкалық пуқаралар жыйынында “Махаллада ижтимоий хизмат”жойбары шеңберинде илаж өткерилди. Илажда пуқаралар жыйыныдағы социаллық хызмет көрсетиў жумыслары үйренилди. “Ақмаңғыт” пуқаралар жыйыны халқының саны 6892 бодып, ондағы шаңарақлар саны 1532 қурайды. Соннан 2023 жылдың август айында 643 кем тәмийнленген шаңараққа балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем түриндеги социаллық жәрдем көрсетилген. Соның менен бирге усы жылдың басынан баслап 64 адамға 165 статья бойынша бир мәртелик жәрдем, 5 ҳаял-қызларға пәзенделик бойынша субсидия алып берилген,жаслар жамғармасы есабынан 5 жасқа паспорт алып берилген, 3 жастың 19 401 000 сум МПР төлеми, 12 жастың 29 474 000 сум контракт төлем пуллары, 24 жасқа ден саўлығын тиклеў ушын 28 680 000 сум пул қаржылай жәрдем берилген.
ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ




