С Т А Т И С Т И К А Л Ы Қ М А ҒЛ Ы Ў М А Т

Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши карханаларда бəнтлиги тəмийнленбеген жасларды жумыс пенен тамийнлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

2023-жылдың 1-август жағдайына районымызда 1917 хожалық журитиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 1095 ди қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳарекет етип турғаны 778 субъект болып, соннан 125 субъект жыл басынан жанадан ашылып бугинги кунде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған женилликлер, статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳəм олардың мүддетлери ҳаққында тусиниў жумыслары алып барылмақта.

Районымызда ҳазирги кунде 13 АПЖ ҳәм МПЖ болып 2023-жылдың
1-июль ҳалатына халық саны 53270 адамды қурады.
Соннан:

Ерлер саны – 27024 адам,
Ҳаял-қызлар – 26246 адам
Қалалық жерлерде – 10758 адам
Аўыллық жерлерде – 42512 адам

Skip to content