Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң жетпис бесинши сессиясы болып өтти.

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис төртинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде алты  мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды. Биринши мәселе Нөкис районында жайласқан фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының жер майданларын мониторинг тәртипте үйрениў нәтийжелери ҳаққында районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Заматдиновтыӊ есабаты тыӊланды. Екинши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023-жылдың тоғыз айы даўамында райондағы секторлар жумысларының нәтийжелилиги, мүрәжаатлардың нызамлы үйрениўде жол қойылып атырған қәте кемшиликлер ҳәм олардың алдын алыў ҳәм Нөкис районы Халық қабыллаўханасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтыӊ баянаты тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content