Биринши басқышта Конституцияның жойбарын қәлиплестириў ушын халқымыз тәрепинен 60 мыңнан зыят усыныс берилди.
Соннан ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орыналды. Екинши басқышта болса жойбар улыўма халықлық додалаўға қойылды. Ғалаба хабар қураллары, интернет тармақлары арқалы жойбар менен 5 миллионға шамалас халқымыз танысып шығып, 150 мыннан аслам усыныс билдирди. Соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, жоқары оқыў орынлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм зыялылар менен болып өткен додалаўларда және 10 мың қосымша усыныс келип түсти.
Конституция жойбарындағы статьялардың саны әмелдеги 128ден 155ке, нормалар саны 275тен 434ке артты. Яғный, тийкарғы нызамымыздың 65 пайыз тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланады.
Жаңа Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары онда Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте.
Социаллық бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық дегени.
Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелерине байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте.
Атап айтқанда, Конституцияда ҳәр кимниң турақ жайлы болыў ҳуқықы белгиленбекте. Ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ жайынан айрылыўы мүмкин емес.
Халықтың кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы да жойбарға киргизилмекте. Социаллық мәмлекетке тән қоллап-қуўатлаўлар билимлендириў тараўы бойынша да көплеген статья ҳәм нормаларда өз сәўлелениўин таппақта. Соның ишинде, пуқаралардың жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы, Пуқаралардың басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы, майыплылығы бар балаларымызға өз заманласлары менен бирдей билим алыўы ушын ҳәмме шәраят жаратылмақта.
Ҳәр кимниң мийнети ушын ҳешқандай кемситиўлерсиз ҳәм мийнетке ҳақы толеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан аз болмаған түрде әдалатлы мийнет ҳақы алыў ҳуқықы кепилленбекте.
Мийнетке ҳақы төлеўдиңең кем муғдары инсанның ылайықлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқаалынған жағдайда белгилениўи беккемленбекте.
Ҳәр ким жумыссызлық бойынша социаллық тәмийинат алыў ҳуқықына ийе болып, пенсия, напақа ҳәм басқа социаллық жәрдемлер көлемиең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылмақта. Жойбарда жаслар мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет деп белгиленбекте. Онда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. Инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленип, олар халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына ҳәм усы Конституцияға муўапық кепилленеди. Нызамшылықта белгиленбеген ўазыйпа ҳеш кимге оның келисимисиз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте.
Сондай-ақ, Конституциямызда өлим жазасы бийкар етилип,
шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги, адамлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеўге байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте. Яғный әдил судлаўды әмелге асырыўда «Хабеас корпус» институты және де кеңейтиледи.
Парламент палаталарының ўәкилликлери қайта көрип шығылмақта. Сенат алдына қойылып атырған жаңа ўазыйпалардан келип шығып, оны ықшам, халықшыл ҳәм аймақлар мәпин гөзлейтуғын уйымға айландырыў бойынша нормалар нәзерде тутылмақта. Парламенттиң төменги палатасы тәрепинен киргизилген нызамлар Сенатта 60 күн ишинде көрип шығылыўы, мүддет өтип кетсе, усы нызам мақулланған деп есапланыўы ҳәм қол қойыў ушын Президентке жибериў бойынша норма киргизилмекте. Парламенттиң суд ҳәм қадағалаў,
ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер жумысы үстинен қадағалаў функциялары күшейтилмекте.
Олий Мажлис палаталарының биргеликтеги ўәкилликлери де күшейтилип, қадағалаўдың әҳмийетли формасы болған парламент тексериўи институты Конституцияда өз алдына беккемленип қойылмақта. Суд ҳәкимиятының шын мәнистеги бийғәрезлигин тәмийинлеў мақсетинде Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў системасы киргизилмекте. Айырым жоқары лаўазымлы шахслардың лаўазымға сайланыў ямаса тайынлаў мүддети бойынша шеклеўлер белгиленди. Ҳәкимлердиң халық депутатлары Кеңеслерине басшылық етиў тәртиби басқышпа-басқыш бийкар етилди.
Соның менен бирге, Конституцияның жаңаланып атырғанлығы есапқаалып, тек ғана статьялардың тәртип саны өзгерген.
Алдынғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте. Себеби, Конституцияның статьялары 27ге көбейип, ҳәзирги ўақытта 155ти қурамақта. Арал мәселеси Конституция дәрежесине алып шығылды. Мәмлекет Арал бойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша иләжлар көреди.
Қарақалпақстан Республикасы
Нөкис районлараралық
ҳәкимшилик судының судьясы К.Кыпшакбаев