Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис жетинши сессиясы болып өтти

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды.

Биринши мәселе Нөкис районы Халық қабыллаўхнасының январь-ноябрь айлары даўамында алып барылған жумыслары ҳаққында  Нөкис районы Халық қабыллаўханасы қәнигеси А.Бердиевтың есабаты тыңланды.

Екинши мәселе Нөкис районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен 2023-жыл январь-ноябрь айлары даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша  районы ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаеваның баянаты тыңланды.

Үшинши мәселе районында 2023-жыл январь-ноябрь айлары даўамында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийнлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында районы Ишки ислер бөлими баслығы С.Каллибековтың есабаты тыңланды.

Төртинши мәселе Шөлкемлестириў мәселеси

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

 

Skip to content