Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен “Келешек ушын қәдем” сүрени астында жас сиясатшы қызлар форумы Нөкис районы Руўхый- ағартыўшылық сарайында болып өтти. Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, депутатлар, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, тийисли тараў ўәкиллери, партияның белсенди жаслары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Ушырасыўда тийкарынан бүгинги күнде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, көплеген әмелий жумыслар, жаратып берилген шараятлар ҳаққында атап өтилди. Соның менен бирге мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы қарар ҳәм пәрманлар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлери, турмысқа енгизилип атырған бағдарламалар, сондай-ак, ажыратылып атырған субсидиялар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар, жеңиллетилген кредитлер ҳәм басқа да усы сыяқлы мүмкиншиликлер кең түрде сөз етилди.
Бүгинги күнде усындай жаратып берилип атырған имканиятлар тийкарында көплеген ҳаял-қызлардың турмыс шараяты өзгерип, бүгинги күнинен разылығы тәмийинленип атыр. Илим-билим үйрениў, кәсип ийелеў, өнерге бағдарлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, жеңиллетилген кредитлер алыўында жәрдем бериў сыяқлы және бир қатар мүмкиншиликлерди атап өтсек болады. Әлбетте, булардың барлығы, елимизде ҳаяллардың тутқан ролин еле де асырыў ҳәм олардың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған. Сондай-ақ «Өзбекстан – 2030» стратегиясының мақсет ҳәмде ўазыйпалары, әсиресе стратегияның ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын күшейттириў, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық, экономикалық, сиясий белсендилигин асырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында ўазыйпалар белгилеп берилген. Илажда жаслардың жоқары оқыў орнына қамтып алыныўы, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, арзыў-умтылысларын жүзеге шығарыў, сиясий дүнья қарасын қәлиплестириў, республикамызда ҳәрекет етип турған сиясий партиялар, тийкарынан O‘zLiDeP ҳәм оның сайлаўалды бағдарламасы бойынша да тийисли мағлыўматлар берилди.