Мәс ҳалда автотранспорт қуралын басқарғанлығы ушын ҳәкимшилик жәрийма жазасы қолланылды

Нөкис районы Ишки ислер бөлими имаратында мәс ҳалда автотранспорт қуралын басқарғанлық ушын ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 131-статьясына тийкар көшпели суд мәжилиси болып өтти.

Бунда тийкарынан, Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 131-статьясында транспорт қуралын мәс ҳалда басқарған шахсқа яки оның транспорт қуралын басқа шахс мәс ҳалда басқарғанда базалық есаплаў муғдарының 25 есеси яғный 8.500.000 сум жәрийма ҳәм 1 жыл 6 айдан 3 жылға дейин транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў жазасы белгиленген. Егерде шахс айдаўшылық ҳуқықы болмастан транспорт қуралын мәс ҳалда  басқарғанда базалық есаплаў муғдарының 40 есеси яғный 13.600.000 сум жәрийма ямаса 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы белгиленген. Сондай-ақ ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 194-статьясында ишки ислер органлары хызметкериниң нызамлы талапларын орынламағанлық ушын ҳәкимшилик жәрийма жазасы белгиленген.

Бүгинги болып өткен көшпели суд мәжилисинде транспорт қуралын мәс ҳалда басқарған ҳәм ишки ислер органлары хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаған шахслардың ҳәкимшилик ислери көрип шығылып, бир шахсқа Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 131-статьясы 2-бөлими, 135-статьясы 3-бөлими ҳәм 1351-статьясы                    1-бөлими менен ҲЖҳКниң 34-статьясы тәртибинде ҳәкимшилик қамақ жазасы, еки шахсқа Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 131-статьясы 1-бөлими менен ҳәкимшилик жәрийма жазасы ҳәм транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў жазалары ҳәм бир шахсқа Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 194-статьясы менен ҳәкимшилик жәрийма жазасы қолланылды.

 

Жынаят ислери бойынша

Нөкис район суды баслығы

Азат Исмайлович Сейтанов

 

Skip to content