2023-жылдың 11 айы даўамында район аймағында ҳəрекет етип турған кəрханалар тəрепинен сыртқы саўда айланбасы 7340,3 мын АҚШ доллар,соннан экспорт айланбасы 4456,6 мыӊ АҚШ доллар, импорт айланбасы 2883,7 мын АҚШ долларды курап сыртқы саўда айланбасы өткен жылдын сәйкес дәўирине салыстырғанда 164,7 пайызын қурады ҳəмде өсим пəти тəмийинленди.




