⚡️Мәмлекетимизде мәҳәлле системасының тутқан орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып барып атыр. Буны жаңа қабыл қылынып атырған Пәрман ҳәм Қарарлар мысалында айқын көриў мүмкин. «Мәҳәлле беслиги» ниң искерлиги кеңейтирилип, “Мәҳәлле жетилиги” енгизилиўи алдымызда бир қанша үстин ўазыйпалар турғанынан дәрек болып табылады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрдеги «Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин түптен арттырыў ҳәм халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында» ғы ПП-209-санлы Пәрманы ҳәм де «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы ПҚ-402-санлы Қарарынан келип шығатуғын әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында Нөкис районында кеңейтирилген мәжилис болып өтти. Оған райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисти район ҳәкими З.Зайтов ашты ҳәм басқарып барды. Онда шығып сөйлеўшилер, Ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2023-жыл 22-декабрде болып өткен Республика Руўхый ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтирилген мәжилисинде белгилеп берилген мәҳәлле системасы белсендилериниң жуўапкершилигиндеги тийкарғы ўазыйпалар, Президентимиздиң пәрман ҳәм қарар талапларынан келип шығып, әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында түсиниклер берди. Мәжилис соңында, Қарақалпақстан Республикасы мәҳәллелери аўқамының Конференциясында қатнасыў ушын делегатлар сайланды.
Мәҳәллени қоллап-қуўатлаў бойынша Нөкис районлық Кеңесиниң шөлкемлестириў мәжилиси болды




