Президент тапсырмасы менен ҳәр бир мәҳәлле ушын ажыратылған 500 млн сўм қаржылар есабынан Нөкис районы «Төктаў» мәкан пуқаралары жыйыны аймағы инфраструктурасы жақсыланып, орын алған машқалалар унамлы шешилмекте. Атап айтқанда, МПЖ аймағындағы Жипек жолы ҳәм Кунхожа көшелерине түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды. Ҳәзирги ўақытта МПЖ турғынларының үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын 2 дана электр насосларын орнатыў жумыслары алып барылмақта. Буннан тысқары, жоқарыдағы қаржылар шеңберинде хожалықларға тәбийий газ басымының турақлы жетип барыўын тәмийинлеў мақсетинде, 1 дана газ бөлистириў үскенесин орнатыў жумыслары режелестирилген.
«Төктаў» МПЖ аймағында коммуникация тармақлары жақсыланбақта
