«Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 1,6 км электр бағаналары орнатылмакта

Нөкис районы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Президентимиз тәрепинен мәҳәллерге ажыратылған 500 млн.сўм қаржы есабынан 1,6 км электр бағаналары ҳәм СИП кабель тартыў жумыслары алып барылмақта.

Бул жумыслардыӊ нәтийжесинде Қазақ аўылы ҳәм Досымбет аўылында жасаўшы 129 хожалықтыӊ электр энергиясына болған талабы қанаатланып, сапалы ҳǝм үзиликсиз электр энергия менен тәмийинленеди.

Skip to content