Нөкис районы суды баслығы А.Сейтанов усы аймақ турғынлары менен ушырасты

Нөкис районы «Ақманғыт» ППЖ имаратында Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтанов усы аймақ турғынлары менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасының 2024 жыл 19-январдағы «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»                  1-февралдағы «Педагогтың статусы ҳаққында» ҳәм 2-февралдағы «Топырақты қорғаӯ ҳәм оның өнимдарлығын асырыӯ ҳаққында»ғы нызамларының мазмун ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиниклер берип өтилди.

Усы аймақ турғынлары өзлериниң қызықтырған сораўларын берип,    толық жуўаплар алды.

 

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы

Сейтанов Азат Исмайлович

 

Skip to content