Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев басламасы менен 2017-жыл өз жумысын баслаған ҳәр бир қала-районлардағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары өткен 7 жылдан көплеў мүддет даўамында халықтың мүрәжаатларын қабыллап, тийисли уйымлар тәрепинен мүрәжаатлардың нызамлы үйренип шығылыўын тәмийинлеўде олардың ҳақыйқый исенимине ерисе алды.
Усы орында 2023-жыл басынан берли Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен усы күнге шекем әмелге асырылған ислерге тоқталсақ, жыл басынан берли район турғынлары тәрепинен жәми 2479 мәселе бойынша мүрәжаатлер билдирилген. Соннан, 1387 мәселе унамлы шешилген, 624 мәселеге ҳуқықый мәсләҳәт берилген, 352 мәселеде түсиник берилген, 116 мәселе ақырғы нызамлы шешим қабылланыў ушын узақ мүддетке қалдырылған ҳәм қалғанлары үйренип шығылмақта.
Соның менен бир қатарда, Халық қабыллаўханасы тәрепинен райондағы 4 сектор басшылары менен биргеликте тастыйықланған Кесте тийкарында ҳәр ҳәптеде гезек пенен Аўыл (мәкан) пуқаралар жыйынларына шыққан ҳалда райондағы мәкеме, кәрхана басшылары, қәнийгелери қатнасында көшпели қабыллар өткерилип, усы күнге шекем 246 мәрте өткерилген көшпели қабылларда аўыл турғынлары тәрепинен 1401 мәселе қабыл етилген ҳәм айырым мәселелер сол орынның өзинде шешим қабылланған.
Сондай-ақ, халықтың мүрәжаатларын нызам талаплары тийкарында нызамлы үйренилиўин тәмийинлеў мақсетинде Халық қабыллаўханасы имәратында райондағы барлық мәкеме, кәрханалардың мүрәжаатлар менен ислесиўши тийисли қәнийгелери қатнасында оқыў-семинарлары шөлкемлестирилмекте ҳәмде Реже тийкарында мәкеме, кәрханаларға шыққан ҳалда олардың мүрәжаатлар менен ислесиў ҳалатлары үйренилип, тийисли жол-жобалар, көрсетпелер берилмекте, сондай-ақ мүрәжаатлар менен ислесиў барысында жол қойылған қәте-кемшиликлер жөнинде тийисли шаралар көрип барылмақта.
Буннан тысқары, Халық қабыллаўханасына жүклетилген ўазыйпалар қатары Сектор ислери, райондағы әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў ислери барысы, халықтың оғада жәрдемге мүтәж қатламына тийисли жәрдемлер берилиў ҳалатлары, билимлендириў, мектепке шекемги тәлим, ден-саўлықты сақлаў ҳәм басқада мәкеме, кәрханалардың, сондай-ақ пуқаралар үй-жайларының гүз-қыс мәўсимине таярлық ҳалатлары қусаған мәселелерде қадағалаў ҳәм бирге ислесиў жумыслары әмелге асырылмақта.
Халықтың ҳәрқандай мүрәжаатларының нызамлы шешилиўин тәмийинлеўде район Сектор басшылары, тийисли уйымлар менен биргеликте Халық қабыллаўханасы келешекте еледе өз жумысларын даўам еттиреди ҳәм халықтың исенимин ақлайды деп исеним билдиремен.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң
Нөкис районындағы
Халық қабыллаўханасы баслығы Гулманов Қдырбай




