Ɵзбекстан бүгин ɵзиниң раўажланыўының жаңа басқышына қəдем қоймақта.
Пуқаралардың ең əҳмийетли арзыў-үмитлери ҳəм мақсетлери тийкарғы нызам Конституцияда толық ɵз сəўлесин табады.
Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады.
Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый түп тийкарын қурайды.
Конституцияның 44-статьясында, судтың шешими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи.
Балалар мийнетиниң баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине, минез-қулқына, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, соның менен бирге оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи. Жаңаланған Конституцияның 65-статьясында болса, пуқаралар пәраўанлығын асырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм ҳадал бәсеки ушын шәраятлар жаратады, тутыныўшылардың ҳуқықлары үстинлигин есапқа алған ҳалда экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигине кепиллик береди.
Өзбекстан Республикасында барлық меншик формаларының тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди.
Жеке меншикке қол қатылмайды. Меншик ийеси өз мал-мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен тысқары ҳәм де судтың шешимине тийкарланбаған ҳалда айырылыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы
ҳəкимшилик судының судьясы Жумабаев Руслан Тажимуратович