Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң сексен төртинши сессиясы болып өтти.

Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен төринши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде бес мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды. Биринши мәселе Нөкис районы сектор баслықлары тәрепинен аймақты комплекс социал-экономикалық раўажландырыў тараўында 2024-жыл январь-март айлары даўамында алып барылып атырған жумыслары бойынша сектор басшыларыныӊ есабатлеры тыӊланды. Екинши мәселе “Нукустумангаз” газ тәмийнаты филиалы тәрепинен 2024-жыл январь-апрель айлары даўамында алып барылған жумыслары ҳаққында Филиалы баслығы Б.Аймурзаев мәлимлемеси тыӊланды. Үшинши мәселе Нөкис районы Электр тәмийнаты кәрханасы тәрепинен 2024-жыл январь-апрель айлары даўамында алып барылған жумыслары ҳаққында районлық Электр тәмийнаты кәрханасы баслығы Д.Ешниязовтыӊ есабаты тыӊланды. Төртинши мәселе Фермер хожалықлары, кластерлер ҳәм район ҳәкимлиги аўысық жер қоры есабында турған пайдаланыўындағы елатлы пунктине жақын, аўыл хожалығы егинлерин егип пайдаланыўға қолайлы, суў тәмийнаты жақсы болған ҳәмде пахта ғәлле егинлеринен қысқартылған жерлер есабынан район аймағындағы жасларға жер майданларын ажыратыў ҳаққында район ҳәкимимниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша қәнигеси Ж.Ерниязовтыӊ мәлимлемеси тыӊланды. Бесинши мәселе шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content