Ѳзбекстанда инсан ҳуқықларын хошаметлеў, қорғаў ҳәм оларға әмел қылыў мәселелери мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып табылады. Инсан ҳуқықлары бойынша Ѳзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы щеңберинде жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларын тәмийнлеўде мақсетли илажлар әмлге асырылмакта. Сол менен бирге, инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириўди жедделлестириў жүзесинен әҳмийетли ислер әмелге асырылмақда. 2020 – 2024 жылларда инсан ҳуқықлары тараўында дүнья жүзлик билимлендириў ис-илажларының тѳртинши басқышы әмелге асырылмақта. Бул басқыш жасларды теңлик, инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм кемситпеслик рўхында тәрбиялаў ҳәм инклюзив, тыныш жәмийетти жаратыўға имканият берўши билим бериўге қаратылған жѳнелис болып табылады. Инсан ҳуқықлары мәдениятын раўажлантырыў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы Кеңеси ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Сенаты Кеңеси тәрепинен 2019-жыл 15-июлда БМШниң Инсан ҳуқықлары тараўында билим ҳәм тәрбия ҳаққындағы декларациясы қағыйдаларын әмелге асырыў бойынша Миллий ҳәрекетлер ис-илажлары ҳәм оның атқарыў жүзесинен Жол картасы қабыл етилген. Сондай-ақ мәмлекетлик органлар хызметкерлериниң ҳуқуқый билим дәрежесин асырыў ҳәм баҳалаў тәртиби орнатылды. Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай жанында мәмлекетлик органлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары хызметкерлери ушын инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм оны қорғаў тараўында кадрлар қәнийгелигин асырыў бойынша оқыў курслары шѳлкемлестирилген. Буннан тысқары, ҳәзирги күнде жәмийетте инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине ҳүрметти еледе асырыў, халықаралық шѳлкемлер тәрепинен берилген усыныслардың орынланыўы ушын суд ҳәм ҳуқықты қорғаў органлар ҳәмде басқа мәмлекетлик органлары хызметкерлериниң инсан ҳуқықлары бойынша қәнийгелигин асырыў ислерин жәнеде системалы жолға қойыў лазымлығы белгиленген. Нѳкис районлараралық судының судьясы К.Р.Бабаназаров
Ѳзбекстон Республикасында инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў ис-илажларының орны
